Qazyr.kz порталы
Руханият

Алтындай шашырап күн шықты

АЛТЫНДАЙ ШАШЫРАП КҮН
ШЫҚТЫ

Гүзги жапырақлар биримлеп түсип,
Еккен дақылларда мәўритли писип.
Кешеги шығарған палапан ушып,
Алтындай шашырап күн шықты…

Таңда оянғанның кеўлин көтерип,
Қуяш нурларынан заўық әперип.
Төртлик илҳамлары ядыма келип,
Алтындай шашырап күн шықты…

Таң саз бергенинде батты жулдызлар,
Енди сағым таңға дөреп қырмызлар.
Шашын тарамақта бой жеткен қызлар,
Алтындай шашырап күн шықты…

Ҳәр ким ойлап қояр кеўил қуштарын,
Ҳәмде тилеп қояр ашық аспанын.
Атқан таң қайырлы болсын досларым,
Алтындай шашырап күн шықты…

Жансая Бийбимәрьям Утамбетова

Ұқсас жаңалықтар

Шәкәрім Құдайбердіұлы

Redaktor Site

Өз-өзіңнен жасқанып

Redaktor Site

Абай Құнанбайдың оныншы қара сөзі

redaktor_qazyr

Пікір жазу

Qazyr.kz